Бес баслама — бес имканият

Оқыўшылардың  гузги  дем  алысын  мазмунлы  өткериў  бойынша мектебимизде  ҳәр  турли спорт  жарыслары  болып өтти. 4-6-ноябрь кунлери 8-9-класс оқыўшылары арасында Футбол бойынша мектеп бириншилиги өткерилди. Жарыс жуўмагы бойынша 1-орынды 9-Б класс, 2-орынды 9-А класс, 3-орынды 8-Г класс оқыўшылары ийеледи ҳәм олар мектеп басшылығы тәрепинен  дипломлар  менен сыйлықланды.

Веломарафон

2018-жыл 30-июнь «Жаслар кунине» арналған веломарафон жарысы өткерилди.

Универсиада-2016. Футбол

Ярим финалда Тошкент шаҳри жамоаси Қорқалпоғистон терма жамоаси билан куч синашди. Ўйинда пойтахтликлар 6:1 ҳисобида зафар қучиб финалга йўл олишди.

Тошкент — Қорақалпоғистон 6:1
Голлар
: Азамат Исроилов, Аббос Махсталиев (2та), Зоҳир Пиримов, Жамшид Ҳасанов, Алибобо Раҳматуллаев — Азамат Илёсов.

Иккинчи ярим финалда Фарғона ва Самарқанд терма жамоалари ўзаро куч синашишди. Бу баҳсда мезбонлар 2:1 ҳисобида зафар қучишди.

Фарғона — Самарқанд 2:1
Голлар: 
Павел Смоляченко, Камолов — Ражабов

«Универисада-2016» Футбол

Қорақалпоғистон Республикаси ва Самарқанд вилояти терма жамоалари ўртасида кечган ўйинда ҳисобни Қорақалпоғистонликлар очишди. Гол муаллифи Муҳаммадамин Қутлимуродов бўлди. Биринчи бўлим ўрталарида Наврўзбек Алимов иккинчи тўпни рақиб дарвозасига киритди ва ҳисобни – 2:0га етказди.

Тайм охирида самарқандликлар битта жавоб тўпини йўллашди. Убайдулло Набиев рақибардан илдамроқ ҳаракат қилиб, ҳисобни қисқартирди – 2:1.

Иккинчи бўлимда ҳар икки жамоада қулай вазиятлар вужудга келди. Аммо улардан фойданала олишмади. Наврўз Алимовнинг голи эса ўйиндан ташқари ҳолатда киртилди деб инобатга олинмади.

Тимур Файзуллаев учрашув якунланиши арафасида ҳисобни  тенглаштирди. Ассий вақт дуранг натижа билан якун топгач, жамоалар дарҳол пенальтилар сериясини бошлаб юборишди.

Футбол лотереясида эса омад  самарқандликлар га кулиб боқди.  Пенальтилар сериясида 4:3 ҳисобида ғалаба қозонган  Самарқанд вилоят  терма жамоаси мусобақани учинчи ўринда якунлади.

3-ўрин учун

 Қорақалпоғистон Республикаси  – Самарқанд вилояти – 2:2. Пен сер-3:4

 Бош ҳакам: Зокир Қодиров (Навоий).

 Голлар: Муҳаммадамин Қутлимуродов, Наврўз Алимов.  — Убайдулло Набиев, Тимур Файзуллаев.

 Қорақалпоғистон: 1. Азиз Бойназаров, 2. Ербол Сейтназаров, 3. Улуғбек Қуттибоев, 4. Қиёс Мамабетназаров, 5. Жонибек Ғоипов, 6. Пўлат Кейпназаров, 7. Муҳаммадамин Қутлимуродов, 8. Ерлал Нуржанов, 10. Наврўз Алимов, 12. Азамат Бобожонов, 13. Азамат Ильясов.

Захира: 9. Айзат Мирзаматов, 11. Мурод Айманов, 14. Дамир Низанов, 18. Жонибек Маҳмудов.

Самарқанд вилояти: 1. Шуҳрат Муродов, 3. Анвар Носиров, 4. Фурқат Номозов, 5. Убайдулло Набиев, 7. Акбар Сиддиқов, 8. Икром Синдаров, 9. Нурбек Сафаров, 10. Муҳаммад Ражабов, 11. Отабек Ҳамроқулов, 13. Тимур Бойқобулов, 14. Тимур Файзуллаев.

Захира: 16. Шохрух Салоҳиддинов, 2. Саддам Боймаматов, 6. Жаҳонгир Абдуллаев, 12. Умид Ёқубов.

Универсиада-2016. Футбол:

Бош соврин Тошкент шаҳар терма жамоасига насиб этди

универсиада тошкент

“Универсиада-2016” спорт ўйинларининг футбол бўйича ўтказилаётган мусобақасида бош соврин соҳиби маълум бўлди.

Учрашув Тошкентлик футболчилар учун омадли бошланди.  Биринчи бўлим бошида Муҳсин Убайдуллаев жарима тўпини аниқ амалга ошириб, ҳисобни очди. Орадан ҳеч қанча ўтмай, яна ўша ҳимоячи белгиланган жарима тўпидан унумли фойдаланиб, ҳисоб оширди – 0:2. Голан кейин фарғоналиклар катта куч билан олдинга ташланишди. Павел Смоляченко, Сардор Мирзаевлардан бир неча бор қулай имконият вужудга келди. Аммо танаффусга қадар ҳисобни ўзгартириш ҳеч кимга насиб  этмади.

Иккинчи бўлимда майдон эгалари рақиб дарвозасига катта босим ўтказишди. Лекин барча уринишлар бесамар кетди ва ўйин охирига қадар ҳисоб ўзгармай қолди.

Шундай қилиб, Фарғонада ўтказилган “Универсиада-2016” спорт мусобақаларининг футбол тури бўйича бўлиб ўтган баҳсларида Тошкент шаҳри жамоаси олтин медални қўлга киритди. Кумуш медали эса Фарғона вилояти терма жамоасига насиб этди. Самарқандлик талаба футболчилар эса уйларига бронза медали билан қайтадиган бўлишди.

Ғолиб ва совриндорлар муносиб тарзда тақдирланишди.

Финал

Фарғона вилояти терма жамоаси  –  Тошкент шаҳри терма жамоаси — 0:2 

Бош ҳакам: Равшан Эрматов.

Голлар: Муҳсин Убайдуллаев 2 та

Фарғона вилояти терма жамоаси: Достон Мирзараимов, Бобур Аминжонов,  Муҳамадсултон Фозилов, Дилёр Эрматов, Фахриёр Ўринбоев, Иқбол Маликжонов, Павел Смоляченко, Нодир Камолов, Риза Айвезов, Сардор Мирзаев.

Захира: Иқбол Бобохонов, Алишер Нуралиев, Хайрулло Мадаминов, Улуғбек Олимов.

Тошкент шаҳри терма жамоаси: Акбар Тўраев, Азамат Исроилов, Муҳсин Убайдуллаев, Аброр Ҳусаинов, Дониёр Ҳасанов, Зохир Пиримов, Сардор Собирхўжаев, Сунатилло Мамадалиев, Аббос Махситалиев, Жамшид  Ҳасанов, Алибобо  Раҳматуллаев.

Захира: Толиб Очилов, Шохрух  Мусурмонов.

Ташкент футбол2

 

манба: championat.asia.uz

Муҳаммедқәдир АБДУЛЛАЕВ: «ҚАРАҚАЛПАҚ БОКСЫНЫҢ КЕЛЕШЕГИНЕ ИСЕНЕМЕН»

Биз жаўынгер самбо ҳәм ветеран самбошылар арасында пайтахтымызда болып өткен Өзбекистан чемпионаты барысында оның ҳүрметли мийманы, атақлы бокс шебери, «Сидней-2000» олимпиадасының алтын медаль ийеси, жәҳән, Азия, бир неше мәрте Өзбекистан чемпионы, жәҳән кубогы ийеси, профессионаллық бокстың WBO жөнелиси бойынша үш мәрте жәҳән чемпионы, Өзбекистан Республикасында хызмет көрсеткен спортшы Муҳаммедқәдир Абдуллаев пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған сораўларға жуўап алған едик.

Муҳаммедқәдир, республикамызға хош келипсиз! Бул Қарақалпақстанға биринши сапарыңыз шығар?

Ҳақыйқатында да, Қарақалпақстанда биринши рет болыўым. Соған қара­мас­тан, бул жердеги әмелге асырылып атырған ири қурылыс жумысларынан, қарақалпақ халқының миймандослығынан қатты тәсирлендим. Манежге келместен алдын Нөкис Олимпия резервлери колледжинде болып, жас бокс шеберлерине шеберлик сабағын өткен едим. Олардың көзлериндеги алға умтылыўшылықты, талпынысты көрип, оғада тәсийин қалдым.

Қала берсе, қысқа ўақыттың ишинде Қарақалпақстандағы тарийхый орынларды тамашалаўға да үлгердим. Қулласы, тәсирлерим бир дүнья. Аўылласым ҳәм жақын ағам, Өзбекистан халық шайыры, марҳум Муҳаммед Юсуфтың неге қарақалпақ диярына асыға беретуғынының мәнисин анық түсиндим.

Ол кисиниң сизге арнап жазған қосығын ең биринши рет оқы­ға­ныңызда қандай сезимде болдыңызs Қала берсе, сиз өзбек халқынан шыққан биринши Олимпиада чемпионысыз. Бул атақтың арадан он алты жыл өткеннен кейинги жуўапкершилигин қалай түсинесиз?

Шынын айтсам, бул қосыққа баҳаны халықтың өзи бере берер. Лекин, қосықтың маған бурынғыдан да бетер үлкен ўазыйпа жүклегенин жасырмайман. Себеби, ҳәр қандай қосықтың яки әдебий шығарманың қаҳарманы, оған ылайық болыўдың жуўапкершилиги өз алдына. Ҳәр қандай чемпионға болған мүнәсибет, көрсетилетуғын иззет-ҳүрметлер оны өзин усындай сыйласыққа мүнә­сип тутыўға мәжбүр­лейди.

Сиз ҳәўескер бокс­тан соң профессионаллық бокс пенен де шуғылландыңыз. Бул сизге не берди?

Хабарыңыз бар, ҳәзир елимизде профессионаллық боксқа деген итибар күшейди. Қаншадан-қанша шерим қолғап шеберлеримиз дүньяның мен деген боксшылары менен теңбе-тең алысып, көпшилик жағдайда оларды жеңилиске ушыратып келмекте. Мен де АҚШтың Лас-Вегас қаласында бир неше жыл даўамында профессионаллық бокс пенен шуғылланып, азлы-көпли дәрежеде табысларға еристим. Бул арқалы ҳүрметли Президентимиздиң халқымыз уллары ҳеш кимнен кем емес деген пикирин ис жүзинде көрсете алғаныма оғада қуўанышлыман.

Қарақалпақстанлы боксшылар туўралы не айта аласыз?

Сизге бир нәрсени айтыўым керек, егер мен биринши Олимпиада чемпионы болған болсам, Өзбе­кис­тан өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин Азия ойын­ларының туңғыш чемпионы сизиң республикаңызда жасап атыр. Ол ­ Әлишер Әўезбаев. 1994-жылы Хиросимаға жол ал­ған сайланды команда қурамында мен де бар едим. Бирақ, бизлердиң көпшилигимиз жас болғанлығымыз себепли өз беллесиўлеримизди жеңилис пенен жуўмақладық. Әне сонда Әлишер Әўезбаевтың алтын медалы бәримизди жубатып ғана қоймай, өз күшимизге болған исенимди пайда еткен еди. Усындай талантлы боксшы дүньяға келген топырақта келешекте күшли шерим қолғап шеберлери, чемпионлар көп­леп жетилисип шығатуғынына исенемен. Буның ушын республикаңызда барлық мүмкиншиликлер бар деп ойлайман.

Муҳаммедқәдир, дәстүрий сораў, ҳәзир не менен бәнтсиз ҳәм келешектеги режелериңиз қандай?

Бүгинги күнде Өзбе­кистан Профессионаллық бокс федерациясының биринши вице-президенти лаўазымында ислеп атырман. Май айының ишинде Ташкенттеги «Юнусабад» ком­п­лексинде профессионаллық бокс кешесин өткериўди жобаластырғанбыз. Бундай кешени келешекте Қарақалпақстанда да өткериў федерациямыздың ис-режесине киргизилген. Демек, алдағы ўақытлары қарақалпақстанлы бокс ышқыпазлары да қызықлы беллесиўлердиң гүўасына айланыўы мүмкин.

Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет! Алдағы жумысларыңызда табыслар тилеймиз. «Еркин Қарақалпақстан» газетасы оқыўшыларының арасында да спорттың, әсиресе, бокстың ықласбентлери көпшиликти қурайды. Оларға болған тилегиңиз бенен сәўбетимизди жуўмақласақ?

Рахмет. Газета оқыўшыларына беккем денсаўлық, шаңарақларына аманлық, елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жолында ат­қарып атырған ийгиликли ислеринде табыс, әўмет ҳәмийше жолдасы болыўын тилеймен.

С.ЖАНИЕВ

СҮЎРЕТТЕ: Муҳаммедқәдир Абдуллаев.

Манба: erkinkarakalpak.uz